Ушырасыўда тәреплер жасалма интеллект, мағлыўматларды қайта ислеў орайлары, санлы инфраструктура, финанслық технологиялар, сондай-ақ, алдынғы санлы шешимлерди енгизиў тараўларында бирге ислесиў перспективаларын додалады.

Ant Group” ўәкиллери компанияның жасалма интеллектти раўажландырыў ҳәм әмелиятта қолланыў стратегиясы ҳаққында айтып берди. Жасалма интеллект компанияның узақ мүддетли стратегиясының тийкарғы бағдарларынан бири екени, ҳәр қыйлы ўазыйпалар ушын экономикалық мақсетке муўапықлығын есапқа алған ҳалда ең нәтийжели AI модельлеринен пайдаланылатуғыны атап өтилди.

Буннан тысқары, ушырасыў қатнасыўшыларына финанс секторы, денсаўлықты сақлаў ҳәм электрон коммерцияда жасалма интеллектти қолланыў, “deepfake” технологияларынан қорғаныў, санлы идентификация, булытлы технологиялар, сондай-ақ, AI агентлери тараўындағы исленбелер ҳаққында мағлыўмат берилди. Компания ўәкиллери жасалма интеллектке инсанның орнын басыўшы емес, ал нәтийжелиликти арттырыў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыў қуралы сыпатында қарайтуғынын атап өтти.

Министр “Ant Group” ўәкиллерине Өзбекстанда жасалма интеллект экосистемасын, есаплаў қуўатлықларын ҳәм мағлыўматларды қайта ислеў орайларының инфраструктурасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Атап айтқанда, бундай жойбарларды әмелге асырыў ушын бәсеки шәртлери, соның ишинде, электр энергиясының арзанлығы, қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў имканиятлары, заманагөй дата-орайларды жайластырыў ушын қолайлы орталық таныстырылды.

Шерзод Шерматов “Ant Group”ты Өзбекстанда жасалма интеллект инфраструктурасын раўажландырыўда қатнасыўға мирәт етти, сондай-ақ, Ташкент қаласын компанияның регионаллық офисин жайластырыў ушын майдан сыпатында көрип шығыўды усыныс етти. Өз гезегинде, “Ant Group” ўәкиллери региондағы жумысын басқышпа-басқыш кеңейтиў имканиятларын үйрениўге таяр екенлигин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында Шерзод Шерматов Гарри Сиенди усы жылдың сентябрь айында болып өтетуғын “ICT Week Uzbekistan” халықаралық форумында қатнасыўға мирәт етти.