Әсирлер даўамында бир регионда жасап киятырған Орайлық Азия халықлары бүгинги күнде және де аўызбиршиликли болып, көплеген әҳмийетли машқалаларды биргеликте шешип атырғаны бәршемизди әлбетте қуўандырады.

Бул ҳаққында сөз еткенде, мәмлекетлеримиз арасында өз-ара исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм әмелий шериклик орталығы беккемленип, регионымыз дүнья көлеминде күшли абырайға ийе болып атырғанын атап өтиў керек.

Бул бағдарда билимлендириў бойынша бирге ислесиў оғада әҳмийетли екенин, мәмлекетлеримиздиң келешектеги раўажланыўы усы тараўдағы умтылыс ҳәм реформаларымыздың нәтийжесине байланыслы екенин ҳәммемиз жақсы түсинемиз.

Тәбийғый, биз билимлендириў бағдарында да уллы ойшылларымыздың мийрасына сүйенемиз. Бундай бай ағартыўшылық дәстүрлерди бүгинги технологиялық дәўир талаплары менен үйлестириў бойынша үлкен имканиятларға ийемиз.

Жәҳән банки тәрепинен Орайлық Азия экономикасы 2026-жылы 5,8 процентке өсиўи прогноз етилмекте. Бул регионымыз жедел раўажланып атырған ҳәм жоқары перспективалы аймақлардан бирине айланып атырғанынан дәрек береди.

Сөзсиз, дерлик 85 миллион халық жасайтуғын регионымыздың бийбаҳа байлығы бул – билимге қуштар, үлкен арзыў-нийетлер менен жасап атырған жас әўладымыз болып есапланады. Мине, усы үлкен демографиялық потенциалды қүдиретли интеллектуаллық күшке айландырыўда ең нәтийжели жол – сапалы, заманагөй билимлендириў ҳәм тәрбия болып есапланады.

Қәдирли форум қатнасыўшылары!

Биз Жаңа Өзбекстанда билимлендириў тараўындағы реформаларды мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айландырғанымыз әлбетте, бийкарға емес.

Усы мақсет жолында жумсалған ҳәр бир сум қаржыны биз жасларымыздың келешегине, жәмийетимиздиң абаданлығы ҳәм мәмлекетимиздиң узақ мүддетли бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўге киргизилген инвестиция, деп билемиз.

Жақында өз алдына Пәрман қабыл етип, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, кәсиплик ҳәм жоқары билимлендириў және илимди басқарыўды бирден-бир системаға бирлестирдик. Усы тәризде басланғыш билим ҳәм тәрбия алыўдан жетик қәниге ҳәм илимпаз болып қәлиплесиў дәўирине шекемги ағартыўшылық басқышларының үзликсиз байланыслылығын тәмийинлеўди мақсет еткенбиз.

Енди елимиздеги ҳәр бир бала, қай жерде жасаўына қарамастан, сапалы билим алыўы, талант ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыўы, турмыста өз орнын табыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратылады.

Бүгинги күнде заман тез пәт пенен өзгерип атырғаны себепли келеси он жылда көплеген кәсип-өнерлерге мүнәсибет өзгереди, пүткиллей жаңа қәнигелик ҳәм қәнигеликлер пайда болады.

Солай екен, билимлендириў системасы тек ғана таяр билим бериў менен шекленип қалмастан, жасларда еркин пикирлеў, дөретиўшилик, жуўапкершиликти сезиў ҳәм пүткил өмир даўамында жаңалыққа умтылып, үйренип жасаў көнликпелерин де қәлиплестириўи зәрүр.

Буның ушын муғаллим ҳәм устазлардың ролин арттырыў, билимлендириўдиң мәнис-мазмунын жаңалаў, жасларды мийнет базарында талап жоқары болған кәсип-өнерлерге бағдарлаў, мектеп, техникум, университет ҳәм өндирис арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге тийкарғы итибар қаратамыз.

Әсиресе, қызлар, аўыллық ҳәм шетки аймақлардағы балалар, айрықша билим алыўға мүтәж болған жаслар ушын имканиятларды кеңейтиўге әдил ҳәм инклюзив жәмийет қурыўдың әҳмийетли шәрти деп қараймыз.

Жасалма интеллект, санлы технологиялар ҳәм заманагөй инженерлик бағдарларын раўажландырыў, университетлерди илимий ойлап табыў ҳәм қолланбалар орайына айландырыў, жас изертлеўшилерди қоллап-қуўатлаў да әҳмийетли ўазыйпамыз болып есапланады.

Әлбетте, глобал машқалаларға жеке ҳалда шешим табыў қыйын.

Суў ҳәм энергетика қәўипсизлиги, климаттың өзгериўи, мийнет базарындағы технологиялық өзгерислер билим ҳәм имканиятларымызды бирлестириўди талап етеди.

Соның ушын университетлер арасында бирге ислесиўди кеңейтиў, қоспа билимлендириў бағдарламалары ҳәм илимий изертлеўлерди көбейтиў, студент ҳәм илимпазлар алмасыўын қоллап-қуўатлаўға айрықша әҳмийет бериўимиз керек.

Бизиң бул тараўдағы стратегиялық мақсетимиз – Орайлық Азияны өз-ара исеним ҳәм дослық үлкесине, илим-ағартыўшылық, жоқары технологиялар ҳәм инновациялар бирлескен улыўма интеллектуаллық мәканға айландырыў болып есапланады.

Бул әнжуманда мине усы ийгиликли мақсетке хызмет ететуғын көплеген жаңа идеялар, әмелий усыныс ҳәм басламалар алға қойылады, деп исенемен.

Сизлерди және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, мақтанышлы жумысыңызда табыс ҳәм әўметлер, Форум жумысына болса табыслар тилеймен.


Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти