Мәмлекетимизде Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық, "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ислеп шығылды ҳәм орынланды.
Ҳүжжетке муўапық, Өзбекстанның БМШтың Климат өзгериўи ҳаққындағы рамкалы коньвенциясына Киото протоколы ҳәм Париж келисими шеңберинде дүнья жәмийетшилиги алдында алған миннетлемелерин орынлаўда тармақ ҳәм тараўларды комплексли "жасыл" трансформациялаў, экономика тармақларының бәсекиге шыдамлылығын ҳәм ресурс үнемлеўин тәмийинлеў, сондай-ақ, климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў ҳәм оған бейимлесиў, халықтың турмыс сапасын жақсылаў ҳәм экономикалық өсиўди раўажланыўдың жаңа "жасыл" моделине өткериў тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленген.
Атап өтилген Мәмлекетлик бағдарламаның тийкарғы ўазыйпаларын нәтийжели орынлаў шеңберинде өткен жылы Өзбекстанда ислеп шығарылған электр энергиясының улыўма көлеминен 16,8 миллиард кВт/саат қайта тиклениўши энергия дәреклери - қуяш, самал ҳәм гидроелектр станцияларының үлесине туўра келген. Бул көрсеткиш 2024-жылға салыстырғанда 29 процентке өскен. Тек ғана қуяш ҳәм самал станцияларында ислеп шығарылған электр энергиясы 10,5 миллиард кВт/саатты қурап, бир жылда 2,1 есеге өскен.
Қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў есабынан 3,2 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленип, атмосфераға 4,7 миллион тонна зыянлы элементлер шығарылыўының алды алынды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 26-декабрьдеги Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында атап өтилгениндей, өткен жылы улыўма баҳасы 4,2 миллиард доллар болған 3,5 мың мегаваттлы жаңа "жасыл" қуўатлықлардың қурылысына старт берилди. Бул жумыслардың нәтийжесинде тек ғана 2026-жылдың өзинде 7 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленеди, ҳаўаға 11 миллион тонна зыянлы елементлер шығарылыўының алды алынады.
Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, "соңғы бес жылда 6 мың мегаваттлы қуяш, самал ҳәм суў электр станциялары иске қосылып, улыўма генерацияда "жасыл" энергияның үлеси 30 процентке жеткерилди".
Ҳаўаның патасланыўын азайтыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-октябрьдеги "Ыссыхана хожалықлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм экспорт көлемин көбейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, елимизде ыссыхана тараўын экологиялық жанылғыға өткериў нәзерде тутылған. Бул ўазыйпаның орынланыўы шеңберинде тийисли арзаларды рәсмийлестириў тийкарында экспортқа бағдарланған, дебитор қарыздарлығы болмаған ҳәм кеминде 50 процент алдыннан төлем төлеген ыссыхана хожалықлары көмирден газге өткериледи. Өткен жылдың октябрь-декабрь айларында усы шәртлерди орынлаған республикамыздағы 633 ыссыхана газ бенен толық тәмийинленди. Сондай-ақ, ҳүжжетке муўапық, 2026-жылдың басынан баслап жылына 137 мың тонна зыянлы элементлерди ҳаўаға шығарып атырған тазалаў фильтрлери болмаған, көмирде ислейтуғын қазанханалар арқалы ыссыханаларды ысытыўды тоқтатыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Экологиялық жағдайды сапа жағынан жақсылаў шеңберинде Өзбекстанның барлық аймақларында атмосфераға зыянлы затлар шығарылыўын азайтыў, шығындылар көлемин азайтыў, аймақларды көклемзарластырыў, ығаллықты ҳәм микроклиматты жақсылаў бойынша мәнзилли жумыслар әмелге асырылмақта. Мәселен, ҳәзирги ўақытта республикамызда "Таза ҳаўа" (ҳаўа сапасын жақсылаў), "Шығындыдан жырақ аймақ" (шығындыларды қайта ислеў системасын жетилистириў), "Жасыл мәкан" (жасыл аймақлар, ботаника ҳәм дендропарклер шөлкемлестириў), "Экомәденият" (экологиялық турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў), "Биологиялық мийрас" (биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў) ҳәм "Мениң бағым" (парк ҳәм бағлар жаратыў) сыяқлы улыўма миллий жойбарлар әмелге асырылмақта.
Ири санаат кәрханаларына фильтрлер орнатыў, тазалаў имаратлары ҳәм атмосфераға зыянлы элементлер шығарылыўын мониторинг етиў станцияларын шөлкемлестириў ушын 2026-жылы биринши басқышта 100 миллион доллар муғдарында кредит линиясы ашылатуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, усы жылдың 1-апрельинен баслап экологиялық ҳуқықбузарлықлар ушын қаржылай санкцияларды қолланыўдың жаңа тәртиби енгизилип, хызметкерлер емес, тек ғана кәрханалар жәриймаға тартылады.
Ҳаўаның сапасын жақсылаў ўазыйпасын шешиў шеңберинде 2026-жылдан баслап елимизде экологиялық таза автомобиллерди көбейтиў бойынша бес жыллық бағдарламаны әмелге асырыў басланды. Онда, елимизде ислеп шығарылған электромобиллерди сатып алыў ушын 12 процентлик, импорт автомобиллер ушын болса 16 процентлик автокредитлер ажыратылады. Усы жылдың 1-апрельинен баслап республикамызда автомобиллер ушын экологиялық стикерлерди енгизиў режелестирилмекте. Усы жылдың ақырына шекем Ташкент қаласындағы жәмийетлик транспорт парки 55,4 миллион долларлық 1 мың жаңа экологиялық автобус пенен толықтырылады.
Өзбекстан Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, 2025-жылы "Жасыл мәкан" жойбарын әмелге асырыў шеңберинде республика бойынша 200 миллион түптен аслам терек ҳәм пута нәллери егилген, "Мениң бағым" бағдарламасына муўапық 208 район ҳәм қалада жасыл бағлар ҳәм жәмиетлик парклер шөлкемлестирилген. Соның менен бирге, жасыл қор санластырылмақта: 605 мың терекке электрон паспорт рәсмийлестирилип, олардың мағлыўматлары бирден-бир мониторинг платформасына киргизилди. Жаңа бағлар ҳәм жасыл аймақлардың шөлкемлестирилиўи есабынан республика бойынша улыўма көклемзарластырыў дәрежеси 14,2 процентке жеткерилди.
Сондай-ақ, Қытай тәжирийбеси тийкарында шөллениўге қарсы гүресиў мақсетинде быйыл Арнасай, Қаракөл, Мүбәрек, Кармана районлары ҳәм Нөкис қаласында биринши мәрте 50 гектар майданда қурғақшылыққа шыдамлы галофит бағлар шөлкемлестирилди.
Президентимиздиң 2025-жыл 26-декабрьдеги Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында атап өтилгениндей, шаң-тозаңлардың алдын алыў мақсетинде 2026-жылы Сурхандәрьяда 10 мың гектар жасыл аймақ, Сырдәрьяда 84 километрлик "жасыл тосық" жаратылады.
Қарақалпақстанда 1 миллион гектар, Наўайы ҳәм Бухарада 300 мың гектар, Хорезмде 85 мың гектар шөл аймағында жаңа тоғайлар жаратылады. Аймақларда ботаника ҳәм дендропарклер, кеминде 20 саялы қыябанлар шөлкемлестириледи.
Кәрханаларда экостандартларды енгизиў мақсетинде 2026-жылы ҳәр бир аймақта "жасыл" техникумлар шөлкемлестириледи, дуал билимлендириў тийкарында жылына 10 мың қәниге таярлаў жолға қойылады ҳәм Орайлық Азия қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (Green University) жумысына кеңейтиледи. Быйыл Өзбекстанда экология тараўына 1 триллион 900 миллиард сум қаратыў режелестирилген.
Улыўма, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған сиясат раўажланыўдың "жасыл" моделине избе-из өтилип атырғанын тастыйықлайды, бул жерде турақлы финанслық механизмлерди қәлиплестириў үлкен әҳмийетке ийе бола баслайды.
Бул бағдарда халықаралық тәжирийбе, бәринен бурын, "жасыл" қаржыландырыў системасы экономиканы экологиялық трансформациялаўдың тийкарғы қуралларынан бирине айланған ҚХР тәжирийбеси ибратлы болып есапланады. Қытай дүньяда бириншилерден болып "жасыл" жойбарларға салмақлы инвестициялар ҳәм бир пүтин финанслық инфраструктураны қәлиплестириў менен биргеликте турақлы раўажланыўға үлкен көлемдеги өтиўди баслады.
Қытайда 2030-жылға барып карбонат ангидрид шығындыларының ең жоқары дәрежесине ҳәм 2060-жылға барып углерод нейтраллығына ерисиў бағдары мәмлекет дәрежесинде белгилеп қойылған. Бул мақсетлерге ерисиў ушын бизнести экологиялық жүкти азайтыўға хошаметлеўши экономикалық ҳәм финанслық қураллардың кең көлеминен пайдаланылмақта.
Тийкарғы механизмлер қатарына экологиялық салық салыў, шығындылар ушын квоталар саўдасы системасы, "жасыл" кредитлер ҳәм облигациялар базарын кең көлемде раўажландырыў киреди. Бунда мәмлекет тек ғана шеклеўлер киргизип қоймастан, экономикалық хошаметлеўлер де жаратады: кредитлер бойынша төмен процент ставкалары, субсидиялар ҳәм экологиялық бағдардағы инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў.
Қытайдың "жасыл" қаржыландырыў улыўма экономикалық басқарыў системасына интеграцияланған комплексли қатнасы айрықша қызығыўшылық оятады. Бул "жасыл" қаржыландырыў ҳәм "жасыл" инвестиция фондларының тәжирийбе зоналарын шөлкемлестириў, ESG қуралларын раўажландырыў ҳәм экологиялық қәрежетлерди есапқа алатуғын "жасыл жалпы ишки өним" көрсеткишин әсте-ақырын енгизиўде өз көринисин таппақта.
Нәтийжеде экологиялық жойбарларға - қайта тиклениўши энергетикадан баслап экологиялық транспорт ҳәм шығындыларды қайта ислеўге шекем инвестицияларды тартыў бойынша кең көлемли ҳәм ҳәр тәреплеме система қәлиплестирилди. Бул Қытайға "жасыл" инвестициялар ҳәм турақлы раўажланыўдың финанслық қураллары көлеми бойынша дүньяда жетекши орынларды ийелеў имканиятын берди.
ҚХР тәжирийбеси, бәринен бурын, ҳәкимшилик илажлар ҳәм базар механизмлерин бирлестириўдиң нәтийжелилигин көрсетиўи менен әмелий қызығыўшылық оятады. Оның тийкарғы жуўмағы сонда, турақлы раўажланыў тек ғана нәтийжели экологиялық сиясатты әмелге асырыўды емес, ал қаржы системасын да терең трансформациялаўды талап етеди.
Усы мүнәсибет пенен Қытай көзқарасының айырым элементлери - бәринен бурын, "жасыл" қаржы механизмлерин раўажландырыў, бизнести хошаметлеў ҳәм институционаллық базаны жаратыў миллий өзгешеликлерди есапқа алған ҳалда бейимлестирилиўи ҳәм елимизде "жасыл" қаржыландырыўды және де раўажландырыў ушын пайдаланылыўы мүмкин.
Солай етип, Өзбекстанда "жасыл" қаржыландырыў системасын қәлиплестириў экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм экономикалық раўажланыўдың жаңа моделине өтиўдиң ең әҳмийетли шәрти болмақта. Елимизде қоршаған орталыққа унамсыз тәсирди азайтыў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў, экологиялық басламаларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар келешектеги өзгерислер ушын беккем тийкар жаратпақта.
Соның менен бирге, бул бағдардағы жумысларды буннан былай да даўам еттириў институтционаллық орталықты избе-из жетилистириў, финанслық қураллардың шеңберин кеңейтиў, "жасыл" күн тәртибин әмелге асырыўға бизнес ҳәм банк секторын және де жедел тартыўды талап етпекте.
"Жасыл" қаржыландырыў механизмлериниң беккемлениўи тек ғана алып барылып атырған экологиялық сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў емес, ал турақлы экономикалық өсиў, мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў ҳәм халықтың турмыс сапасын жақсылаўда әҳмийетли фактор болатуғыны анық.
Олег Лиманов.
"Правда Востока".