Пәрманға бола, үш ай мүддетте "Жасыл билет" системасы енгизиледи.

Онда, авиа, темир жол, метро ҳәм такси жөнелислеринде жөнелистиң углерод излерин (тәсирин) анықлаў ҳәм пайдаланыўшылар тәрепинен оның тәбиятқа тәсирин компенсациялаў ушын "жасыл билет" сатып алыў имканияты жаратылады.

Ислеп шығарылып атырған, сақланып атырған ҳәм ишки және сыртқы базарларда реализацияланып атырған өнимлерди ислеп шығарыў, сақлаў ҳәм логистика процесслериндеги углерод излерин есаплаў имканияты жаратылады, сатып алыўшыға товардың қоршаған орталыққа тәсирин ықтыярлы компенсациялаў имканияты жаратылады.

Карбон изи Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети тәрепинен тастыйықланған қолланбаға муўапық автомат түрде анықланады.

"Жасыл билет" сатып алыў арқалы тәбиятқа жеткерилген зыянды қаплаўдан түскен қаржылар улыўма миллий экологиялық машқалаларды сапластырыў бойынша мәмлекетлик мақсетли қорға өткериледи ҳәм тек ғана терек нәллерин егиў ҳәм оларды тәрбиялаў илажларына бағдарланады.