Пәрманның тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди:

2028-жылға шекем Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында улыўма майданы 100 гектардан кем болмаған қосымша ботаника бағлары ҳәм дендрология бағларын шөлкемлестириў;

ПМ2,5 ҳәм ПМ10 сыяқлы зыянлы бөлекшелер концентрациясын 20-25 процентке азайтыў, сондай-ақ, климат шараяты аўыр аймақларда ҳаўа температурасын орташа 1,5-2°С ға төменлетиў ушын шараят жаратыў.

Пәрманға муўапық, дендрология бағлары статусы бойынша ботаника бағларына теңлестириледи.

Ботаника бағлары ҳәм дендрология бағларын шөлкемлестириў ушын ажыратылатуғын жер майданлары, бурынғысынан басқаша тәризде, аўыл хожалығы өндириси зыянларының орнын қаплаў бойынша компенсация төлемлеринен азат етиледи.

Ботаника бағлары ҳәм дендрология бағларының жер участкаларын меншиклестириў ямаса өзлестириў, оларды екилемши ижараға бериў, сондай-ақ, олардың аймақларын қысқартыў қатаң қадаған етиледи.