Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары Рамазан ҳайыты - Ийд ал-Фитр мүнәсибети менен және бир мәрте бир-бирин қызғын қутлықлады.

Тәреплер Жақын Шығыстағы кескин жағдай ҳәм региондағы кескинлик күшейип баратырғанынан қатаң қәўетерде екени атап өтилди.

Кескинликтиң және де күшейиўине жол қоймаў ҳәм оны толық сапластырыў тек ғана регион мәмлекетлериниң мәплерине емес, ал глобал турақлылықты тәмийинлеў мақсетлерине де жуўап беретуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы усындай қыйын ўақытта Өзбекстан туўысқан Саудия Арабстанының басшылары ҳәм халқы менен бирге екенин атап өтип, Патшалықтың салмақлы ҳәм дана сиясатын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Өзбекстан Президенти ҳәзирги ўақытта Саудия Арабстанында умра әмеллерин орынлап атырған мәмлекетимиз пуқараларына көрсетилип атырған әмелий жәрдем ҳәм жаратылған қолайлы шараятлар ушын Патша Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд Уллы Мәртебели Мырзаға ҳәм Мийрасхорға айрықша миннетдаршылық билдирди.

Өз гезегинде, Муҳаммад бин Салмон Ол Сауд Өзбекстан Президенти тәрепинен билдирилген шын кеўилден мийрим-шәпәәт ҳәм дослық қоллап-қуўатлаўды жоқары қәдирлейтуғынын билдирди. Тәреплер еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм муўапықластырылған биргеликтеги ҳәрекетлерди жеделлестириўге келисип алды.