Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халықларын терең тарийхый тамырлар, уқсас руўхый қәдириятлар, дин ҳәм дәстүрлер, бай мәдений мийрас бирлестирип турады.
Еки мәмлекетте көп әсирлик дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм жақсы қоңсышылық дәстүрлери қәстерлеп сақланып, раўажландырылмақта.
Бүгинги мәдений илаж да буның айқын дәлили болды. Концерт бағдарламасында туўысқан халықларымыз мәдениятының өзине тәнлиги ҳәм байлығын сәўлелендиретуғын миллий музыка ҳәм сахна көркем өнериниң ең сайланды үлгилери көрсетилди.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан көркем өнер шеберлери ҳәм ансамбллериниң биргеликтеги шығыўлары өз-ара түсинисиў, руўхый жақынлық ҳәм жедел мәдений сөйлесиўдиң белгиси болды.