Мәмлекет басшылары 10 қоспа жойбарды әмелге асырыўға старт берди.

Бул жерде мебель ҳәм былғары ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў, турмыслық техника ислеп шығарыўды кеңейтиў, Тәжикстанда тоқымашылық қуўатлықларын қурыў, Ташкент қаласында турақ жай комплекси ҳәм саўда объектлерин қурыў, Ферғана ўәлаятында консерва өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ҳаққында сөз бармақта.

Буннан тысқары, Әндижан ўәлаятында сүт өнимлери, Сурхандәрья ўәлаятында мийўе шербетлери ҳәм металл брикетлер ислеп шығарыў қуўатлықлары иске қосылды.

Сондай-ақ, Жаңа Ташкент көшелеринен бирине Душанбе қаласының атын бериўге бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери усынылған жойбарлардың әмелге асырылыўы мәмлекетлеримиздиң саўда-экономикалық бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиўге күшли пәт бағышлайтуғынына исеним билдирди.