Мәмлекетлик институтларға исенимди беккемлеў, пуқаралардың қарар қабыл етиў процесслериндеги қатнасын кеңейтиў, тең имканиятларды тәмийинлеў ҳәм парламентлердиң халықтың турмысында анық ҳәм унамлы өзгерислерге ерисиўдеги ролин күшейтиў мәселелери додалаў орайында болды.

Өзбекстан парламенти делегациясының басшысы, Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде социаллық мәмлекет принциплерин әмелге асырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық сиясаттың ҳуқықый тийкарларын беккемлеў бағдарында елимизде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында қысқаша мағлыўмат берди ҳәм нызамшылықты жетилистириў ҳәм мәмлекетлик сиясаттың орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды күшейтиў бойынша Өзбекстан тәжирийбесин көрсетти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан алға қойған басламалар парламентлердиң нызам дөретиўшилиги ҳәм қадағалаў функцияларын халықтың талапларына және де жақынластырыўға қаратылған. Атап айтқанда, нызам жойбарларын таярлаўда жәмийетшилик ҳәм жергиликли ўәкилликли уйымлардың пикирин толық есапқа алыў, мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм бюджетлерди тең имканиятлар көзқарасынан баҳалаў, парламентлик қадағалаўды болса қабыл етилген қарарлардың халық турмысындағы әмелий нәтийжелерине бағдарлаў усыныслары билдирилди.

Дебатларда Өзбекстанның басламасы менен қабыл етилген БМШ Бас Ассамблеясының "Социаллық раўажланыўда парламентлердиң ролин күшейтиў ҳаққында"ғы резолюциясына да айрықша итибар қаратылды. Бул ҳүжжет парламентлердиң социаллық раўажланыў, тең имканиятлар ҳәм инсан абаданлығын тәмийинлеўдеги жуўапкершилигин күшейтиўге қаратылғанына итибар қаратылып, оны әмелге асырыўда парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.