Ушырасыўда еки тәреплеме, соның ишинде, мәмлекетлик финанслық қадағалаў тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Өзбекстан Республикасы Есап палатасы ҳәм Словения Аудит суды арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, мәмлекетлик аудит бойынша алдынғы тәжирийбе ҳәм ең жақсы әмелиятларды алмасыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Словения Республикасы Миллий кеңеси арасындағы бирге ислесиў системалы ҳәм конструктивлик характерге ийе екени атап өтилди. Парламент делегацияларының сапарларын жеделлестириў, бағдарламалардың орынланыўы үстинен тәсиршең парламентлик қадағалаўды күшейтиў ҳәм бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының Баспасөз хызмети.