Олий Мажлис Сенатының Баслығы Марокко Өзбекстанның Арқа Африкадағы әҳмийетли шериклеринен бири екенин атап өтип, еки мәмлекетти тарийхый, руўхый ҳәм мәдений жақынлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм дослық қатнасықлары байланыстырып туратуғынын атап өтти.
Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Марокко арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды. Парламент дипломатиясының еки мәмлекет арасындағы көп қырлы қатнасықларды буннан былай да беккемлеўдеги әҳмийетли орнына айрықша итибар қаратылды.
Усы көзқарастан, өз-ара сапар етиўлерди жеделлестириў, парламентлераралық бирге ислесиў топарларының жумысын кеңейтиў, нызам дөретиўшилиги ҳәм парламентлик қадағалаў тараўында тәжирийбе алмасыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ушырасыўда инвестициялық бирге ислесиўди хошаметлеў ҳәм еки мәмлекет жеке меншик секторлары арасында тиккелей байланысларды кеңейтиў, соның ишинде, аўыл хожалығы, азық-аўқат қәўипсизлиги, энергетика тараўларында перспективалы бирге ислесиўди күшейтиў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў ҳәм туризм тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша пикир алысылды.
Ушырасыў жуўмағында парламентлераралық сөйлесиўди системалы ҳәм нәтийжели жолға қойыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Марокко Патшалығы парламенти Мәсләҳәтшилер палатасы арасында Парламентлераралық бирге ислесиў мәселелери бойынша өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.