Елимизде транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, ҳәр қыйлы транспорт түрлерин өз-ара байланыстырыў, халық ҳәм туристлер ушын қолайлы қатнаў системасын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Хорезм ўәлаятында әмелге асырылған бул жойбар да усы мақсетлерге хызмет етеди.
Баҳасы 225 миллиард сум болған жойбар шеңберинде Үргенш халықаралық аэропорты ҳәм темир жол вокзалын байланыстыратуғын 11 километрлик жаңа темир жол линиясы қурылды. Онда бир бәндирги, көпир, автомобиль жоллары менен кесилиспелер ҳәм 25 суў өткериў қурылмасы қурылды.
Жаңа жөнелис арқалы жылына дерлик 650 мың жергиликли ҳәм сырт елли туристти тасыў имканияты жаратылды. Хийўа ҳәм Үргенш арасындағы қатнаў ўақты еки есеге қысқарып, 80 минуттан 40 минутқа түседи. 30 ға шамалас жаңа жумыс орны шөлкемлестирилди.
Итибарлы тәрепи, аэропорт ҳәм темир жолды тиккелей байланыстыратуғын бундай жойбар елимизде биринши мәрте әмелге асырылды. Үргенш халықаралық аэропорты – Хийўа жөнелисинде Қытайда ислеп шығарылған CR200J электропоездының қатнаўы жолға қойылмақта.
Алты вагоннан ибарат бул электропоезд бир ўақыттың өзинде дерлик 400 жолаўшыны тасыў имканиятына ийе. Ол саатына 160 километрге шекем тезликте ҳәрекетленеди. Вагонларда VIP, бизнес ҳәм эконом-класс орынлары, бийпул Wi-Fi, электрон қурылмаларды зарядлаў имканияты, заманагөй кондиционер ҳәм ысытыў системалары бар. Майыплығы болған шахслар ушын да зәрүр шараятлар жаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа электропоездда Хийўа қаласына келди.
Хийўада Президентимиз Үргенш халықаралық аэропорты ҳәм Хийўа темир жол вокзалын байланыстыратуғын жөнелисте қатнаўға қойылатуғын жаңа троллейбусларды да көзден өткерди.
Быйыл июль айында Қытайдан алып келинген 10 троллейбус заманагөй автоном ҳәрекетлениў системасы менен үскенеленген болып, электр тармағына жалғанбаған ҳалда да 100 километрге шекем жол жүре алады.
Ҳәр бир троллейбус 87 жолаўшыға мөлшерленген. Оларда майыплығы болған шахслар, кекселер ҳәм балалы жолаўшылар ушын қолайлықлар, USB ҳәм Type-C портлары, ишки ҳәм сыртқы бақлаў камералары орнатылған. Сондай-ақ, айдаўшының жағдайын бақлаў, жолдан шығып кетиўден ескертиў ҳәм автоматикалық өрт өшириў сыяқлы қәўипсизлик системалары бар.
Бул заманагөй транспорт қуралларын алып келиў басламасы Президентимиздиң өткен жылғы Хорезм ўәлаятына сапары даўамында алға қойылған еди.
Мәмлекетимиз басшысы транспорт түрлерин өз-ара үйлестириў халық ҳәм туристлер ушын қолайлылық жаратыў, жолға кететуғын ўақытты қысқартыў ҳәм аймақтың туристлик тартымлылығын арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти. Жуўапкерлерге жолаўшылар ушын қәўипсиз ҳәм сапалы хызмет көрсетиўди тәмийинлеў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.