Мәмлекетимизде транспорт инфраструктурасы избе-из раўажланбақта. Жаңа жол ҳәм көпирлер қурылып, жолаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратылмақта. Атап өтиў керек, мәмлекетимиз басшысы 2024-жылы Бухара ўәлаятына сапары ўақтында аймақтың туризм потенциалын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Бухара халықаралық аеэропортын қурыў бойынша тапсырма берген еди.
Бул транспорт объекти ҳәм оның инфраструктурасын қурыў ушын қаладан тысқарыда жәми 370 гектар жер майданы ажыратылған. Жойбар шеңберинде аэропортқа алып баратуғын автомобиль жолы да қурылмақта. Оның улыўма узынлығы 23,8 километр болып, соннан 2,7 километри пүткиллей жаңа участка, 21,1 километри болса реконструкцияланады. Буннан тысқары, жол бойында 2 жол өткели, 9 жер асты пиядалар өтиў жолы ҳәм 8 көпир қурылысы нәзерде тутылған.
Жойбарға бола, жаңа аэропортта барлық түрдеги самолётларды қабыллай алатуғын, узынлығы 3,3 километр болған ушыў-қоныў жолы, саатына 1 мың 200 ге шекем қуўатлылыққа ийе аэровокзал комплекси қурылады.
- Бухара ўәлаяты халқына, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт ел туристлерине заманагөй ҳәм қолайлы хызмет көрсететуғын аэропорт қурыў ниетиндемиз. Соның ушын ол дүнья стандартлары талапларына толық жуўап бериўи керек, - деп атап өтти Президент.
Мәмлекетимиз басшысына Бухара ўәлаятының экономикалық, инвестициялық ҳәм туристлик потенциалын арттырыўға қаратылған басқа да қурылыс жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди.