“Report”тың Балкан бюросының хабарына бола, отставкаға шығыўын жәриялаған мүрәжатында Вучич: "Бүгин мен отставкаға шығыўымды жәриялайтуғын күн", деп Сербия президенти сыпатында пуқараларға соңғы мәрте мүрәжат етип атырғанын атап өтти.

"Ҳүрметли пуқаралар, бүгин мен отставкамды жәриялайтуғын күн ҳәм сизлерге Сербия Республикасы президенти сыпатында соңғы мәрте мүрәжат етип, сизлерди санлар менен шаршатпаўға ҳәрекет етемен", - деди Вучич.

Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзиниң бир бөлегин жазба текст тийкарында оқып, қалған бөлегин өз пикирлери тийкарында баянлайтуғынын атап өтти.

"Шешим қабыл етиў ўақты келди. Тарийхтан белгили, раўажланыў ҳеш қашан тосыннан болмайды. Оған қыйын шешимлер, инсанның өз ҳүжданы алдындағы жуўапкершилиги ҳәм алға қарай ҳәрекет етиў исеними себепли ерисиледи", деп атап өтти Сербия президенти.

Вучич өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Уллы Британияның бурынғы бас министри Уинстон Черчиллдиң сөзлерине сүйенип, мәмлекет басшылығында узақ жыллар турғаннан соң, раўажланыў күтилген тезликте әмелге аспайтуғынын, басқарыў болса қыйын қарарлар қабыл етиў ҳәм ҳәр бир қарар ушын жуўапкершиликти аңлататуғынын айтты.

Сондай-ақ, ол пуқараларға миннетдаршылық билдирип, оған еки мәрте үлкен исеним билдирилгенин ҳәм Сербияны күтип турған "жаңа бап" ҳаққында айтып берди.

Еслетип өтемиз, Вучич 2017-жылғы президентлик сайлаўларының биринши турында 55,08 процент даўыс пенен жеңиске ерискен еди. Оның екинши президентлик мүддети 2022-жылы басланған ҳәм әдеттеги тәртипте 2027-жылы жуўмақланыўы керек еди.

Сербия Конституциясына муўапық, президентлик ўәкиллигин Миллий ассамблеяның бурынғы баслығы Ана Брнабич атқарады. Президент сайлаўы мәмлекет басшысы отставкаға шыққан күннен баслап үш ай ишинде өткерилиўи керек.

Вучичтиң айтыўынша, парламент сайлаўларының жуўмақланыўы ҳәм президентлик сайлаўларының жәрияланыўы арасында бир айдан көбирек ўақыт өтеди, себеби сайлаў кампаниясы қысқа мүддет даўам етеди.