Жоқары мәртебели мийман 21-22-октябрь күнлери Самарқанд қаласында болып өтетуғын "Балалардың абаданлығына инвестиция киргизиў: келешек әўладтың турақлы ҳәм әдалатлы раўажланыўына қарай жол" пүткил жер жүзилик саммитинде қатнасыў ушын елимизге келди.
Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Халилур Раҳманды БМШ Бас Ассамблеясының 81-сессиясының Баслығы етип сайланғаны менен қызғын қутлықлап, Өзбекстан оның усы сыпатта сапар менен келген биринши мәмлекет екенин атап өтти.
Өз гезегинде, Халилур Раҳмон Өзбекстан жетекшисине БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң қызғын сәлемин жеткерди.
Ушырасыўда БМШ ҳәм оның структуралары менен бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Кейинги жыллары мәмлекетимиздиң басламасы менен Бас Ассамблея тәрепинен 15 резолюция қабыл етилди, усы жылы екеўи мақулланды.
Өзбекстан шөлкемниң тийкарғы уйымлары ҳәм структураларының жумысында белсене қатнаспақта. Сондай-ақ, мәмлекетимиз 2035-2036-жыллар дәўирине БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң турақлы емес ағзалығына өз кандидатурасын усынды.
Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди алға қойыў, климат өзгериўи ақыбетлерине қарсы гүресиў, тынышлық мәденияты ҳәм динлераралық қарым-қатнасты беккемлеў мәселелеринде конструктивлик бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан еки тәреп те мәпдар екени тастыйықланды.
Еки тәреплеме қатнасықлар шеңберинде Қубла Азияның жедел раўажланып атырған мәмлекети Бангладеш пенен көп қырлы шерикликти буннан былай да кеңейтиўге таяр екенлиги тастыйықланды.