Өткен жылғы Словенияға сапар етиўдиң жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды.
Өз-ара товар алмасыў көлеми артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Транспорт, қала қурылысы, әҳмийетли минераллар ҳәм фармацевтика тараўларында кооперацияны раўажландырыў, мәдений ҳәм туристлик алмасыўларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Шерикликти, соның ишинде, Европа Аўқамы менен бирге ислесиў шеңберинде және де беккемлеўден еки тәреп те мәпдар екени тастыйықланды.