Өзбекстан - Бангладеш қатнасықларын және де жеделлестириў мәселелери додаланды.

Кейинги жылларда еки тәреплеме байланыслардың унамлы пәти ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў көлеминиң өсиўи қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ушырасыўда сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық шериклик ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў арқалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм оны әмелий мазмун менен байытыўға келисип алынды.

Регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў бойынша да пикир алысылды.