Наманган ўәлаяты өзиниң бай футбол дәстүрлери, талантлы былғары топ шеберлери менен елимиздиң спорт турмысында айрықша орын ийелейди. Жас әўлад футболшыларын халықаралық стандартлар тийкарында таярлаў мақсетинде "Навбаҳор" футбол академиясын басқарыў үш жыл мүддетке дүньяның жетекши футбол мектеплеринен бири - Нидерландияның "Аякс" клубының футбол академиясына өткерилди.

"Аякс" дүньядағы ең белгили академия есапланады (1900-жылы шөлкемлестирилген) ҳәм өз шәкиртлериниң Европаның белгили клубларына трансферинен жылына орташа 50-70 миллион евро дәрамат алады.

Келисимге бола, клублар арасында қоспа жас өспиримлер футбол академиясы шөлкемлестириледи ҳәм өзбекстанлы жас футболшы ҳәм тренерлерди таярлаў бойынша "Аякс"тың басқарыў модели енгизиледи.

Бүгинги күнде академияда сырт елли қәнигелер, соның ишинде, тренерлер ҳәм скаутлар жергиликли жасларды Европа футбол стандартлары тийкарында таярлаў менен шуғылланбақта.

Президентимиз академияның инфраструктурасы, шынығыў майданлары, тәрбияланыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты, жас спортшылар менен сәўбетлести, олардың арзыў-нийетлери, келешектеги режелери менен қызықты.

Ушырасыўда миллий футболымызды буннан былай да раўажландырыў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, Өзбекстан миллий сайланды командасының халықаралық чемпионатлардағы қатнасыўын кеңейтиў мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы академияның тәрбияланыўшылары менен сүўретке түсти.