Бул объектлер мәмлекетимиз басшысының 2026-жыл 30-апрельдеги қарарына муўапық қурылған. Олардың иске қосылыўы 2 мыңға шамалас жаңа жумыс орнын жаратыў, жылына 50 мың туристке мийманхана хызметин көрсетиў, хызметлер экспортын 4 миллион долларға жеткериў имканиятын береди.
Заманагөй премиум усыл ҳәм Хорезм миллий архитектурасы элементлериниң үйлесимлилигинде қурылған Конгресс-холл халықаралық форумлар, бизнес-конференциялар, ҳүкиметлераралық сөйлесиўлер ҳәм мәдений илажларды өткериўге мөлшерленген.
Улыўма майданы 1,9 гектар болған комплекстиң қурылысына 857 миллиард сум бюджет қаржысы қаратылған. Оның әтирапында кең көлемли жасыл аймақлар ҳәм қыябанлар жаратылып, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.
Халықаралық илажлардың қатнасыўшылары ҳәм туристлерге қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Конгресс-холл жанында үш жулдызлы мийманхана қурылды. Баҳасы 169 миллиард сум болған жойбар шеңберинде 1,6 гектар майданда 60 жаңа жумыс орны жаратылған.
Төрт қабатлы мийманханада 310 орынлық 156 хана, кең вестибюль, ресепшн, ресторан-бар, балалар ханасы ҳәм терасса бар. Сондай-ақ, жабық бассейн, фитнес ҳәм велнес орынларына ийе саламатландырыў зонасы да бар.
Мийманханадан Конгресс-холл, "Мәңгилик қала" тарийхый-этнографиялық бағы ҳәм өнерментшилик ханаларына шекем жасыл сейил етиў қыябанлары арқалы бир неше минутта пияда жетип барыў мүмкин.
Мәмлекетимиз басшысы "Хийўа Ишан-қала" қабыллаўлар үйин де көзден өткерди. Улыўма майданы 2 гектар болған комплекс рәсмий илажлар өткериў ҳәм сырт ел делегацияларын қабыл етиўге мөлшерленген. Жойбардың баҳасы 260 миллиард сумды қурайды.
Имарат архитектурасында Хорезмге тән саўлатлы ойма ағаш үстинлер, ганч элементлери, көк ҳәм феруза реңли плиткалардан кең пайдаланылған. Қабыллаўлар үйи әтирапында ўәлаяттың бай тарийхын сәўлелендириўши фотокөргизбелер, халық өнерментшилиги устаханалары шөлкемлестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде Хорезм ўәлаяты жәмийетшилиги ўәкиллери менен қызғын сөйлести. Сөйлесиўде соңғы жыллары аймақта жүз берип атырған кең көлемли өзгерислер, адамлардың турмыс тәризи ҳәм санасындағы өзгерислер ҳаққында сөз болды. Әййемги Хорезм жеринде Жаңа Өзбекстанның раўажланыўы ҳәм жаңаланыўының дөретиўшилик руўхы барған сайын айқын сезилип атырғаны атап өтилди. Ўәлаяттың бай тарийхы ҳәм дәстүрлерин қәстерлеп сақлаған ҳалда, оны заманагөй, абат ҳәм абадан аймаққа айландырыў жумыслары избе-из даўам еттирилетуғыны атап өтилди.
Президентимиз бул комплекслерден нәтийжели пайдаланыў, Хийўада ири халықаралық илажларды көбейтиў, туристлик хызметлердиң сапасын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша көрсетпелер берди.