Шөллениўге қарсы гүресиў, деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў ҳәм климат өзгериўи ақыбетлерине қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Нәтийжели бирге ислесиў, оның шеңберинде кейинги бес жылда 15 қоспа жойбар әмелге асырылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Аралбойы регионын экологиялық тиклеў, тоғайзарларды көбейтиў ҳәм қурғақ экосистемалардың турақлылығын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Углеродтың жутылыўын есапқа алыў ҳәм углерод қаржыландырыўын тартыў механизмлерин жетилистириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеў тараўындағы шерикликти және де беккемлеў ҳәм биргеликтеги басламаларды алға қойыўға келисип алынды.