Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана Ферғана ойпатлығы ўәлаятларының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 38-43°, арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында 44-45° қа шекем жыллы болады.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын
болмайды. Самалдың тезлиги 5-10 м/с.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа ўақытлы жаўын жаўыўы,
гүлдирмама болыўы мүмкин. Ташкент, Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларының таў
алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с,
айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.