"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтымызда күндиз жаўын-шашын болмайды, кеште қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 3-8м/с. Ҳаўаның температурасы 23-25°.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Бәлент таўларда қарға айланыў мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с. Ҳаўаның температурасы 13-18°.