Улыўма баҳасы 107 млн.доллар, қуўатлылығы 100 Мегаватт болған жойбар шеңберинде ҳәр бириниң қуўатлылығы 6,5 Мегаватт болған 16 самал турбина генераторлары қурылады. Бүгинги күнде 3 турбина толық қурып питкерилген, сондай-ақ, 1 турбина қурылысы жақын күнлерде жуўмақланады. Тийкарғысы жойбарды әмелге асырыўда 150 ден аслам жергиликли пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленген. “Нөкис-1” жойбары толық иске түсиўи нәтийжесинде ҳәр жылы 350 млн. киловат/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылады, орташа 100 млн. куб тәбиий газ жумсалыўы тежеледи, ҳаўаға 180 мың тонна карбонат андигрид газы шығындыларының тарқалыўы кемейтиледи.Буннан тысқары, Қараөзек районы «Қойбақ» АПЖ аймағында улыўма баҳасы 220 млн.долларлық және бир «Нөкис-2» жойбары да әмелге асырылып, 26 самал турбина генераторлары қурылады. Жойбардың қурылыс жумысларында 200 ден аслам жергиликли пуқараның бәнтлиги тәмийинлениўи режелестирилген ҳәм иске түсирилгеннен кейин ҳәр жылы 794 млн. киловат/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылады. Буннан тысқары, “ACWA Power” компаниясының Қоңырат районында улыўма қуўатлылығы 2000 мегаваттлық самал электр станциясын қурыў бойынша және 4 жойбары әмелге асырылыўы да белгиленген. Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс майданында әмелге асырылып атырған жумыслар, қурылысшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты ҳәм бул мега жойбарлардың иске түсирилиўи ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықта итибарының нәтийжеси екенлигин атап өтти. Өз нәўбетинде, нураныйларымыз, бурын болмаған бул жаңа жойбардың турмысқа енгизилиўинде қол-қанат болып атырған мәмлекетимиз басшысынан шексиз миннетдар екенлигин билдирди.Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясы тәрепинен республикамызда әмелге асырылып атырған «Самал электр станциясын шөлкемлестириў» жойбарының Қараөзек районы «Қойбақ» АПЖ аймағында қурылып атырған «Нөкис-1» жойбарын барып көрди. Онда республикамыздың мийнет алдынғылары, сиясий-жәмийетлик ғайраткерлер, нураныйлар қатнасты. Улыўма баҳасы 107 млн.доллар, қуўатлылығы 100 Мегаватт болған жойбар шеңберинде ҳәр бириниң қуўатлылығы 6,5 Мегаватт болған 16 самал турбина генераторлары қурылады. Бүгинги күнде 3 турбина толық қурып питкерилген, сондай-ақ, 1 турбина қурылысы жақын күнлерде жуўмақланады. Тийкарғысы жойбарды әмелге асырыўда 150 ден аслам жергиликли пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленген. “Нөкис-1” жойбары толық иске түсиўи нәтийжесинде ҳәр жылы 350 млн. киловат/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылады, орташа 100 млн. куб тәбиий газ жумсалыўы тежеледи, ҳаўаға 180 мың тонна карбонат андигрид газы шығындыларының тарқалыўы кемейтиледи.Буннан тысқары, Қараөзек районы «Қойбақ» АПЖ аймағында улыўма баҳасы 220 млн.долларлық және бир «Нөкис-2» жойбары да әмелге асырылып, 26 самал турбина генераторлары қурылады. Жойбардың қурылыс жумысларында 200 ден аслам жергиликли пуқараның бәнтлиги тәмийинлениўи режелестирилген ҳәм иске түсирилгеннен кейин ҳәр жылы 794 млн. киловат/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылады. Буннан тысқары, “ACWA Power” компаниясының Қоңырат районында улыўма қуўатлылығы 2000 мегаваттлық самал электр станциясын қурыў бойынша және 4 жойбары әмелге асырылыўы да белгиленген. Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс майданында әмелге асырылып атырған жумыслар, қурылысшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты ҳәм бул мега жойбарлардың иске түсирилиўи ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықта итибарының нәтийжеси екенлигин атап өтти. Өз нәўбетинде, нураныйларымыз, бурын болмаған бул жаңа жойбардың турмысқа енгизилиўинде қол-қанат болып атырған мәмлекетимиз басшысынан шексиз миннетдар екенлигин билдирди.
Қарақалпақстанда дәслепки самал электр станциясы турбиналары бой тикледи
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясы тәрепинен республикамызда әмелге асырылып атырған «Самал электр станциясын шөлкемлестириў» жойбарының Қараөзек районы «Қойбақ» АПЖ аймағында қурылып атырған «Нөкис-1» жойбарын барып көрди. Онда республикамыздың мийнет алдынғылары, сиясий-жәмийетлик ғайраткерлер, нураныйлар қатнасты.
Қарақалпақстанда транспорт инфраструктурасы жаңаланбақта
- Тәбиятқа көрсетилген итибар
- Билимлендириўдеги өзгерислер — баспасөз нәзеринде
- 24-декабрьден баслап Ташкентте автомобильлерди эвакуация етиў ҳәм жәрийма турыў орынларының тәртиби өзгереди
- “British Council” менен билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўдиң жаңа имканиятлары додаланды
- Созылмалы кеселликлер стресстиң турмыс сыпатының пәсейиўи менен байланысын күшейтеди
Өзбекстанда еки ҳәм оннан артық 12 жасқа толмаған балалары бар ата-аналар қосымша дем алыс алыў ҳуқықына ийе
- Ҳәптеде мәмлекетимиздиң бир қатар аймақларында жаўын жаўады
- Өзбекстанға қанша нақ пул алып кириў ҳәм алып шығыў мүмкин: шегарадан өтиў қағыйдалары
- Мийнет миграциясы системасын жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди
- Акбар Жўраев жәҳән чемпионатының алтын медалын қолға киргизип, өзиниң жәҳән рекордын жаңалады
- Өзбекстанда жолларда мобил радарлар ушын арнаўлы белгилер орнатпаўға рухсат берилди