ЖҲҚХ баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, республиканың барлық аймақларында орнатылған радарлар ҳәм басқа да арнаўлы техникалық қураллар арнаўлы үскенеленген автомобильлер жәрдеминде көзден өткерилмекте.
Бул қурылмалардың саз, анық ҳәм турақлы ислеўин тәмийинлеў мақсетинде олар Өзбекстан миллий метрология институтының қәнигелери тәрепинен турақлы түрде метрологиялық тексериўден ҳәм сынақлардан өткериледи.
Тексериў процесинде радарлардың белгиленген техникалық талапларға муўапықлығы, транспорт қуралларының тезлигин белгилеў анықлығы ҳәм қурылмалардың нызамлы жумыс алып барып атырғанлығы баҳаланады.
Анықланған кемшиликлер ямаса нызам бузылыў жағдайлары бойынша Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети жуўапкерлерге нызамшылықта белгиленген тәртипте илажлар көреди.
Атап өтилиўинше, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўде тек ғана тәртип-қағыйда емес, ал нызамлылық, қалыслық ҳәм пуқараларға әдил қатнаста болыў да үлкен әҳмийетке ийе.