"Өзбекнефтгаз" системасында тәбийғый газ қазып алыўдың динамикасы, оны азайтыў бойынша бар факторлар ҳәм оларды компенсациялаў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың биринши шерегинде жаңа қудықларды иске қосыў ҳәм барларын оңлаў, технологиялық илажларды әмелге асырыў есабынан қосымша көлемлер тәмийинленген. Жыл даўамында бул жумысларды кеңейтиў мөлшерленбекте.

Қудықлардың нәтийжелилигин арттырыў ушын заманагөй технологияларды енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақытта жаңа 2D ҳәм 3D сейсмологиялық изертлеўлер ушын перспективалы майданлар анықланбақта. Бурғылаў ҳәм дала жумысларын халықаралық стандартлар тийкарында қадағалаўды күшейтиў мақсетинде супервайзинг системасын енгизиў, геологиялық-гидродинамикалық моделлестириў ҳәм қазып алыў бағдарламаларын және де пуқта ислеп шығыў илажлары белгиленди.

Сондай-ақ, кәнлерде газ қазып алыў коэффициентин арттырыў, қыйын қазып алынатуғын резервлерге жаңаша қатнас жасаў ҳәм 2026-2027-жылларға мөлшерленген бағдарламалардың экономикалық нәтийжелилигин баҳалаў мәселелери көрип шығылды. Бул бағдарда халықаралық компаниялар менен биргеликте тийисли жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда өндиристиң турақлылығын тәмийинлеў, бар қуўатлықлардан нәтийжели пайдаланыў, геологиялық-излеў ҳәм бураўлаў жумысларын системалы шөлкемлестириў, сырт ел компаниялары менен әмелий нәтийжеге бағдарланған шерикликти кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге белгиленген режелердиң орынланыўын қатаң қадағалаўға алып, ҳәр бир бағдар бойынша анық нәтийжелиликти тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.