21-сентябрь күни Нью-Йорк қаласында
БМШ Бас Ассамблеясының 81-сессиясы өз жумысын баслады. Сессия шеңберинде Саида
Мирзиёеваның Бирлескен Миллетлер Шөлкеми басшысы менен ушырасыўы болып өтти.
Тәреплер Өзбекстан ҳәм БМШ
арасындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын, бирге ислесиўди буннан былай
да раўажландырыў мәселелерин додалады.
- Халықаралық система ушын
қыйын болған бул ўақытта Гутерриш мырзаға глобал көлемдеги күшли жетекшилиги
ҳәм қәўипсизликтиң барлық әҳмийетли тараўларында мәмлекетимизди қоллап-қуўатлап
атырғаны ушын миннетдаршылық билдиремен, - деди Саида Мирзиёева.