Илаж Өзбекстан ҳәм БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы (ТҚГБ) арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бойынша жол картасын әмелге асырыў шеңберинде өткерилмекте. Шөлкемлестириўшилер - БМШ ТҚГБ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер министрлиги академиясы.
Мәсләҳәтлесиўлерде ҳуқық қорғаў уйымлары, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, стратегиялық кәрханалардың қәнигелери қатнаспақта. БМШ ТҚГБ ҳәм БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң Терроризмге қарсы гүресиў комитетиниң Атқарыўшы директоратының экспертлери лектор сыпатында қатнаспақта. Халықаралық қәнигелер әҳмийетли объектлерди қорғаў тараўындағы алдынғы тәжирийбелерди көрсетеди.
Объектлерди оператив ҳәм техникалық қорғаў илажлары, террористлик ҳүжимлердиң алдын алыў ҳәм жуўапкер структуралардың оларға қарсы ҳәрекет етиўге таярлығы көрип шығылады.
Мәсләҳәтлесиў жуўмақлары бойынша миллий талапларды есапқа алған ҳалда әмелдеги механизмлерди жетилистириў бойынша әмелий усыныслар ислеп шығылады.