"Мен бул шөлкемниң минберинен Өзбекстанның барған сайын көбейип
атырған тартыслар ҳәм барған сайын азайып баратырған исеним дүньясындағы
позициясы ҳаққында айтып өттим.
Таңлаўымыз анық - ашық-айдынлық, жақсы қоңсышылық ҳәм қарым-қатнас. Биз
тынышлық, бирге ислесиў ҳәм инсан қәдирин улығлаў тәрепдарымыз.
Орайлық Азиядағы өзгерислер, Өзбекстандағы реформалар, экология ҳәм Арал
апатшылығы, жасалма интеллектти раўажландырыў, нызам үстинлиги ҳәм инсан
ҳуқықлары ҳаққында сөз етти.
Бүгинги күнде ҳеш бир мәмлекет жалғыз өзи глобал машқалаларды шеше
алмайды. Өзбекстан исеним ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған тынышлыққа өз үлесин
қосыўға таяр", - деп атап өтти Саида Мирзиёева.