Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы шайхулислам тәрепинен саўға етилген, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан басшыларының улыўма ис-ҳәрекетлерине бағышланған “Туўысқанлық ҳәм аўқамласлықтың ең жоқары шыңы” китабы ушын миннетдаршылық билдирди.

Сөйлесиў даўамында миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти буннан былай да беккемлеў, жаслардың руўхый тәрбиясын арттырыў ҳәм басқа да мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Өзбекстан Президенти еки тәреплеме мәдений-ағартыўшылық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған әҳмийетли усынысларды алға қойды.

Исламның тийкарғы адамгершилик мәнисин жасларға әпиўайы ҳәм қызықлы түрде түсиндириў ушын санлы платформалар ҳәм интерактив билимлендириў қуралларынан пайдаланыўда илимий потенциалды бирлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Оллоҳшукур Пошшозадаға мусылман дүньясы илимине қосып атырған үлкен үлеси ушын Өзбекстанның “Эл-юрт ҳурмати” орденин тапсырды.