Ойын кескин түс алды ҳәм еки басқыш жуўмағы бойынша теңбе-тең нәтийже менен жуўмақланды. Еслетип өтемиз, ушырасыўдың санлы бөлиминде өзбекстанлы спортшылар исенимли түрде 4:0 есабында жеңиске ерискен болса, физикалық басқышта қарсыласымыз 6:2 есабында жеңип шықты.

Еки басқыш жуўмағында улыўма есап 6:6 етип белгиленди ҳәм жеңимпаз пенальтилер сериясында анықланды. Шешиўши мәўритлерде Өзбекстан сайланды командасы 3:2 есабында жеңиске ерисип, турнирдиң 1/4 финал жолламасын қолға киргизди.

Енди миллий сайланды командамыз абырайлы халықаралық жарысларда медальлар ушын гүрести даўам еттиреди.