Оның ушын Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры есабынан 248,2 миллиард сум қаржы төленди. Бул болса үзликсиз емлениўди талап ететуғын мыңлаған пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Бул дәўирде рәсмийлестирилген электрон рецептлер саны 5,9 миллионды қурады.

Аймақлар кесиминде ең көп қаржы Ташкент қаласы (48,1 млрд. сум), Самарқанд (43,5 млрд) ҳәм Бухара (35 млрд) ўәлаятларына қаратылды.

Итибарлысы, елимиз бойынша берилген дәри-дәрмақлардың көлеми сентябрь айында январь айына салыстырғанда 52 процентке артты.

ДСМ Баспасөз хызмети.