Мәжилис даўамында Қазақстан, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан
ўәкиллери регионның суў ресурсларын биргеликте басқарыў, соның ишинде,
2026-жылғы вегетация дәўиринде Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрья бассейнлеринде суўдан
пайдаланыў лимитлери ҳәм суў сақлағышларының жумыс тәртиби мәселелерин
додалады.
Бул ҳаққында Қазақстан суў ресурслары ҳәм ирригация министрлиги мәлим
етти.
Тийкарғы қарарлардан бири Сырдәрья бассейнинде суў ресурсларын есапқа
алыўдың автоматластырылған системасын енгизиў бойынша Реже жойбарының ислеп
шығылыўы мақулланғаны болды. Сентябрге шекем ҳүжжетти таярлаў бойынша арнаўлы
жумысшы топар дүзиў режелестирилген.
Сондай-ақ,
қатнасыўшылар Жәҳән банки менен биргеликте Орайлық Азия мәмлекетлериниң суў
ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша регионаллық бирге
ислесиў (CAWEC) грант жойбарын әмелге асырыў, сондай-ақ, Аралды қутқарыў
халықаралық қорының шөлкемлестириўшилери болған мәмлекет басшылары кеңеслериниң
қарарларын орынлаў мәселелерин көрип шықты.
Елимиздиң аўыл
хожалығы ушын ең әҳмийетли суў дәреклеринен бири болған Сырдәрья бассейнинде
суўдан пайдаланыўды муўапықластырыў Өзбекстан ушын айрықша әҳмийетке ийе. Усы
жылы бассейнде қолайлы суў хожалығы жағдайы сақланып, аўыл хожалығы ушын суў
жеткерип бериў турақлы түрде әмелге асырылмақта.
Қазақстанда,
әсиресе, Шардара суў сақлағышына суўдың турақлы кирип келиўи бақланбақта.
2026-жыл 1-апрельден баслап оған дерлик 3 миллиард куб метр суў кирип келген,
бул өткен жылғы ҳәм орташа көп жыллық көрсеткишлерден жоқары.
Автоматластырылған
есап-санақтың енгизилиўи суў ресурсларының көлемин қадағалаўдың анықлығын
арттырыў, оларды бөлистириўдиң ашық-айдынлығын күшейтиў ҳәм регион мәмлекетлери
арасында муўапықластырыўды жақсылаў имканиятын береди.
мәмлекетлераралық суў хожалығы муўапықластырыў комиссиясының гезектеги 95-мәжилиси Түркменстанда болып өтеди.