Бул ушырасыў соңғы жылларда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай арасында жедел раўажланып атырған қатнасықлардың логикалық даўамы болып есапланады.

Мәмлекет басшыларының турақлы ушырасыўлары ҳәм ашық сиясий сөйлесиў өз-ара исенимди беккемлеўге, стратегиялық шерикликти әмелий мазмун менен байытыўға хызмет етпекте. Бул процесс тек ғана экономика, саўда, инвестиция, транспорт ҳәм гуманитарлық тараўларды емес, ал ҳуқық-қорғаў ҳәм қәўипсизлик мәселелерин де қамтып алады.

Бүгинги күнде қәўипсизликке қәўип-қәтерлер трансшегаралық түрге енбекте. Терроризм ҳәм экстремизм, шөлкемлескен жынаятшылық, нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысы, адам саўдасы ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы нәтийжели гүресиў мәмлекетлер арасында жедел мәлимлеме алмасыўын ҳәм өз-ара муўапықласқан ҳәрекетлерди талап етеди.

Әсиресе, кибермәканда жүз берип атырған жынаятлар бойынша жаңаша қатнаслар талап етилмекте. Жынаятты шөлкемлестириўши, оны орынлаўшы ҳәм жәбирлениўши ҳәр қыйлы мәмлекетлерде болыўы мүмкин болған шараятта ҳуқық қорғаў уйымларының бирге ислесиўи шешиўши әҳмийетке ийе.

Пекин қаласындағы сөйлесиўде бул бағдарларда тәжирийбе алмасыў, әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланыў имканиятлары додаланды.

Илаж шеңберинде делегациялар Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери ушын шөлкемлестирилген оқыў базасының ашылыў мәресиминде қатнасты.

Бул оқыў орны хызметкерлердиң кәсиплик таярлығын арттырыў, алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм әмелий көнликпелерин жетилистириўде әҳмийетли майданға айланады. Әсиресе, трансмиллий ҳәм кибержынаятшылыққа, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде түрли мәмлекетлердиң қәнигелери арасында тәжирийбе алмасыў айрықша әҳмийетке ийе.

Бирге ислесиўдиң бирден-бир платформасында оқыў процесин шөлкемлестириў ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң қәнигелерине тиккелей тәжирийбе алмасыў, әмелий көнликпелерди арттырыў ҳәм тараўдағы алдынғы көзқарасларды өзлестириў имканиятын береди. Ең әҳмийетлиси, бундай бирге ислесиў қәўипсизликти тәмийинлеўде улыўма көзқарасларды қәлиплестириўге хызмет етеди.

Ушырасыў шеңберинде Қытай жәмиетлик қәўипсизлик министри Ван Сяохун еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм уйымлараралық бирге ислесиўдиң избе-из раўажланыўы белгиси сыпатында Өзбекстан ишки ислер министри, генерал-лейтенант Азиз Тошпўлатовқа "Уллы дийўал" естелик белгисин салтанатлы түрде тапсырды.

Илаж жуўмағында Қытайдың жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары системасына санлы технологияларды енгизиў бағдарындағы тәжирийбеси Орайлық Азия мәмлекетлери ушын үлкен әҳмийетке ийе екени, өз-ара тәжирийбе алмасыў жынаятшылықтың жаңа түрлерине қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.