Пәрманға бола, 2027-жыл 1-январьдан баслап:

жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм мәлимлеме системаларын жетилистириў есабынан мәмлекетлик атқарыўшылар тәрепинен қабыл етилетуғын қарарлардың кеминде 70 проценти автоматластырылады;

суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша ис жүргизиў процесслери заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары жәрдеминде электрон түрде әмелге асырылады;

орынлаў ҳәрекетлери даўамында өндирилген пул қаржыларын бөлистириў процесслери толық санластырылады.

2026-жыл 1-июльден суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлери тийкарында мәмлекет дәраматына өткерилиўи керек болған автотранспорт қураллары ҳәм көшпес мүлклер мәмлекетлик атқарыўшының қарары тийкарында тиккелей Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң қарамағына өткериледи.