Бул имарат транспорт ағымын нәтийжели шөлкемлестириў, ҳәрекет
қәўипсизлигин арттырыў, тығылысларды азайтыў, Ташкент ҳәм Нурафшан арасындағы
қатнаў ўақтын 10-15 минутқа қысқартыў имканиятын береди.
Бектемир ҳәм Орта Шыршық районларының шегарасындағы 14,1 гектар майданда
әмелге асырылған жойбардың баҳасы 240 миллиард сумды қурайды. Оның қурамында
узынлығы 66 метр, ени 46 метр болған көпир, 450 метрлик автомобиль туннели, еки
қайтыў жолы, төрт жер асты пиядалар өтиў жолы, 950 метрлик айланба жол
қурылған. Буннан тысқары,
9,5 километр пиядалар ҳәм велосипед жоллары қурылды, 8 жәмийетлик транспорт
бәндиргиси үскенеленди, 240 сыртқы жақтыландырыў бағаналары ҳәм 6 километр жол
тосықлары орнатылды.
Жаңа объект иске
қосылыўы нәтийжесинде бул жердиң өткериў қуўатлылығы бир неше есеге артып,
суткасына 130 мың транспортқа жетеди. Бул Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты
арасындағы транспорт қатнаўларын және де жақсылаў, тығылысларды азайтыў,
халықтың ҳәрекетлениўи ушын қолайлы шараятлар жаратыўға хызмет етеди.
Президентимизге
жойбардың техникалық шешимлери, транспорт ағымын басқарыў имканиятлары,
сондай-ақ, Ташкент - Нурафшан жөнелисинде тезжүрер автобуслар қатнаўын жолға
қойыў режелери ҳаққында да мағлыўмат берилди.