Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп
билимлендириўи министрлигиниң ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мектепке шекемги ҳәм
мектеп билимлендириўи басқармаларына жиберилген тийисли хатында атап өтилген.
Ҳүжжетке муўапық, ҳәзирги ўақытта талап етилетуғын
дәрежедеги, яғный В2 дәрежесинен төмен болмаған сертификатқа ийе болмаған шет
тили муғаллимлери менен мийнет шәртнамалары бийкар етилмейди.
Алдын Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-майдағы
№312-санлы қарары менен 2025-2026-оқыў жылына шекем улыўма орта, орта арнаўлы
ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған барлық
шет тили муғаллимлери кеминде В2 дәрежедеги миллий сертификатқа ямаса тийисли
дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болыўы белгиленген еди.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи
министрлигиниң мағлыўматына бола, бул талапқа өзгерислер ҳәм қосымшалар
киргизиў мақсетинде қарар жойбары ислеп шығылып, жәмийетшилик додалаўынан
өткерилген.
Додалаў жуўмақлары бойынша усыныслар мәпдар
министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен үйренилип, қарар жойбары белгиленген
тәртипте Министрлер Кабинетине киргизилди.
Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары қабыл етилгенге
шекем В2 дәрежесиндеги сертификатқа ийе болмаған шет тили муғаллимлерине улыўма
билим бериў мектеплеринде мийнет етиўди даўам еттириўге рухсат берилди.
Тийисли қарар қабыл етилгеннен соң, бул мәселе бойынша
қосымша мағлыўмат бериледи.