Рәсмий делегациялар ағзаларының қатнасыўында өткен ушырасыўда көп қырлы дослық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери додаланды.

Сиясий сөйлесиў ҳәм уйымлараралық алмасыўлар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда ҳәм инвестициялардың көлеми турақлы артып бармақта.

Саўда, инвестициялар, транспорт ҳәм логистика, таў-кән санааты, аўыл хожалығы, тоқымашылық, денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында атап өтилди.

Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимге қол қойыў ҳәм өз-ара товар алмасыў көлемин 500 миллион долларға жеткериў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди.

Мәдений-гуманитарлық байланысларды буннан былай да раўажландырыў ушын мәденият ҳәм көркем өнер ҳәптеликлерин өткериў, диний-ағартыўшылық тараўында тәжирийбе алмасыў, туристлик алмасыўларды кеңейтиў, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң әййемги қалалары арасында дослық байланысларын орнатыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Ушырасыўда халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Қосылмаў ҳәрекети, "Акаба процеси" форматы ҳәм басқа да абырайлы халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара жәрдемди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Иордания арасындағы өз-ара исенимге тийкарланған дәстүрий дослық қатнасықларын стратегиялық шериклик дәрежесине көтериўге қарар етти.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң толық орынланыўын тәмийинлеў ушын кең көлемли "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.

Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Президенти Иордания Патшасын мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти.