Атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Иордания арасында еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў ҳаққында Биргеликтеги билдириў қабыл етилип, Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Бул мәмлекетлераралық ҳүжжетлер еки тәреплеме байланысларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған.

Буннан тысқары, жеңиллетилген саўда, жынаят ислери бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем, мәденият ҳәм креатив индустрия, миллий китапханалар, ҳүжжетлер ҳәм архивлер, қоршаған орталықты қорғаў, энергетика ҳәм суў ресурсларын басқарыў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында келисим ҳәм меморандумларға қол қойылды.

Буннан тысқары, экономикалық дипломатия, таў-кән санааты ҳәм геология, турақ жай қурылысы ҳәм қала қурылысы, санластырыў ҳәм мәлимлеме технологиялары, азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақ қуралларын қадағалаў, медициналық хызметлер ҳәм шарўашылық тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алынды.

Еки мәмлекет аймақлары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде Ташкент ҳәм Амман қалалары, Самарқанд қаласы ҳәм Петер туризм регионы арасында бирге ислесиў бойынша келисимлер алмасылды.

Мәмлекетлик сапар шеңберинде 19 еки тәреплеме ҳүжжет қабыл етилди ҳәм қол қойылды. Бул әҳмийетли келисимлер Өзбекстан ҳәм Иордания арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди және де кеңейтиў, өз-ара пайдалы қоспа жойбарларды әмелге асырыўға хызмет етеди.