Бул мәселе Ташкент қаласы ушын да оғада әҳмийетли: 2025-жылы пайтахтта жәми 1,1 миллион тонна шығынды жыйналған. Қалада күнине 320 арнаўлы техника жәрдеминде 3 мың тоннаға шамалас шығынды жыйналып тасланбақта.
Ташкент қаласы ҳәкимлиги шығындылар менен ислесиў мәселесине тек ғана коммуналлық хызметлердиң ўазыйпасы сыпатында емес, ал экология, заманагөй қала басқармасы ҳәм пуқаралық мәдениятының әҳмийетли бағдары сыпатында қатнас жасамақта. Усы мақсетте пайтахтымызда шығындыларды басқарыў процесслерин санластырыў бойынша "Таза пайтахт" системасы енгизилди. Бул система арнаўлы шығынды тасыў техникаларының ҳәрекетин, оларға бириктирилген аймақларды, мәмлекетлик номерлерин, сондай-ақ, ҳәр бир район бойынша шығынды тасыў күнлерин бақлап барыў имканиятын береди.
Буннан тысқары, халықтан келип түскен мүрәжатлар xalqnazorati.uz платформасы арқалы қабыл етилип, тиккелей жуўапкерлерге жиберилмекте. Бул мүрәжатларды көрип шығыў сапасын арттырыў, машқалаларды сапластырыў мүддетлерин қысқартыў ҳәм системаның ашық-айдынлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Қайта ислеў бағдарында әмелий жумыслар да алып барылмақта. Атап айтқанда, Янгиҳаёт районындағы «Profpack» кәрханасында ҳәр айда дерлик 2,5 мың тонна қағаз шығындылары қайта исленеди. Буннан тысқары, пластикалық шығындыларды бөлек-бөлек жыйнаў ҳәм оларды қайта ислеў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған арнаўлы жойбарлар көрип шығылмақта.
Сондай-ақ, қадағалаў ҳәм жуўапкершилик мәселеси де турақлы итибарда. Атап айтқанда, 2025-жылы пайтахтта өткерилген рейдлер даўамында белгиленбеген орынларға шығынды таслаў жағдайлары ушын 2 миллиард сумнан аслам жәрийма қолланылған.
Бүгинги сәне және бир әҳмийетли ҳақыйқатты еслетеди: шығындылар машқаласы тек ғана оларды тасып кетиў менен шешилмейди. Әсиресе, 2026-жылдың глобал темасынан келип шығып, азық-аўқат шығындыларына жол қоймаў, таңлап алыў мәдениятын кеңнен ен жайдырыў, қоршаған орталық тазалығына жуўапкершилик пенен қараў, система хызметкерлериниң мийнетин ҳүрмет етиў ҳәр биримиздиң күнделикли әдетимизге айланыўы керек.