Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 30-апрельдеги ПҚ-161-санлы қарарына муўапық, Бухара ўәлаятының Ромитан районында заманагөй туризм кластерин шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылған еди.

Усы тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Ромитан районында жайласқан “Bukhara Desert Oasis & Spa” туристлик комплексине "Туризм кластери" статусы рәсмий түрде берилди. Өзбекстан Республикасы Туризм комитети баслығының орынбасары С.Бобокалонов тийисли сертификатты салтанатлы жағдайда тапсырды.

Кейинги жылларда Өзбекстанның туризм тараўы экономиканың ең жедел раўажланып атырған тармақларынан бирине айланды. Ишки ҳәм сырт ел туристлери санының өсиўи, туристлик объектлер тармағы ҳәм көрсетилип атырған хызметлер көлеминиң кеңейип атырғаны реформалардың нәтийжелилигинен айқын дәрек береди. Бай тарийхый-мәдений мийрасқа, сийрек ушырасатуғын архитектуралық естеликлерге ҳәм заманагөй туристлик объектлерге ийе Бухара ўәлаяты саяхатшылардың итибарын өзине тартпақта.

Атап өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Туризм комитетиниң баслығы А.Аққулов Бухара ўәлаятында болып, ўәлаяттағы исбилерменлер ҳәм туризм тараўы ўәкиллери менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткерди. Ушырасыўда жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, хызметлер сапасын арттырыў, экотуризм ҳәм шөл туризмин раўажландырыў, жаңа туристлик бағдарларды қәлиплестириў мәселелери додаланды. Додалаўлар жуўмағында ўәлаятта жаңа туристлик объектлер, дем алыў зоналары ҳәм хызмет көрсетиў инфраструктурасын жаратыў бойынша бир қатар жойбарларды әмелге асырыў басланды.

“Bukhara Desert Oasis & Spa” комплексине туризм кластери статусының берилиўи бул жумыслардың логикалық даўамы болып, аймақтың туристлик тартымлылығын және де арттырыў, туристлер ағымын көбейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм хызмет көрсетиў сапасын жақсылаўға қаратылған.

Жаңа кластер заманагөй мийманхана ҳәм дем алыў хызметлери, миллий мәденият элементлери, гастрономиялық бағдарлар, сондай-ақ, шөлдиң бийтәкирар тәбияты менен үнлес экотуризм имканиятларын өзинде жәмлеген. Бул жергиликли ҳәм сырт елли туристлерге жаңа тартымлы туризм өнимлери ҳәм тәсирлерин усыныс етиў имканиятын береди.

Буннан тысқары, жойбар Ромитан районының туристлик тартымлылығын арттырыў, Бухара ўәлаятында экотуризм ҳәм ўақыялық туризмин раўажландырыў, инвестициялық белсендиликти кеңейтиў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Қәнигелердиң пикиринше, бундай туризм кластерлериниң көбейиўи тек ғана регион экономикасының раўажланыўына емес, ал Өзбекстанның халықаралық туризм базарындағы бәсекиге шыдамлылығын беккемлеўге хызмет етеди.

“Bukhara Desert Oasis & Spa” туристлик кластери жумысы Ромитан районын тек ғана Бухара ўәлаятында емес, ал пүткил мәмлекетимизде ең перспективалы туристлик бағдарлардан бирине айландырыў жолында әҳмийетли қәдем болыўы күтилмекте.