Бул компанияның тийкарғы мақсети Оман пуқараларының Өзбекстанға қызығыўшылығын арттырыў, оларды әсиресе, қыс мәўсиминде мәмлекетимизге келиўге шақырыў, сондай-ақ, жылдың ақырына шекем туристлер ағымын көбейтиўден ибарат.

Видеокөринислер LED экранларда Маскат қаласының "Сарудж" ҳәм "Шатти Ал-Қурум" сыяқлы абырайлы турақ жай ҳәм дипломатиялық районларында, Башер районындағы "Таминат" комплексинде, қаланың орайлық бөлимлерин байланыстыратуғын "Ал-Хайл" автомобиль жолы бойында, Маскат университети кампусында эфирге узатылмақта.

Реклама майданларын таңлаў жергиликли халық, студентлер, исбилерменлер, дипломатиялық топарлардың ўәкиллери ҳәм сырт елли мийманларды қамтып алыў имканиятын береди.

Көрсетилип атырған видеороликлерде Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўаның бийтәкирар тарийхый естеликлери, Өзбекстанның бай мәдений мийрасы, миллий дәстүрлери ҳәм гастрономиясы менен бир қатарда заманагөй туризм инфраструктурасы ҳәм саяхат бағдарлары сәўлелендирилген.

Маскатта Өзбекстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў Оман туристлериниң итибарын мәмлекетимизге тартыў, Өзбекстанды қыс мәўсиминде де саяхат етиў ушын тартымлы бағдар сыпатында танытыў, сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы туризм байланысларын раўажландырыўдан ибарат.