Конгресс орайында мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев қызғын қутлықлады.
Делегациялар басшылары биргеликте сүўретке түсти.
Мәжилис алдынан мәмлекет басшылары Түркий цивилизация орайының тырнағына капсула қойыў мәресиминде қатнасты.
Қазақстанның басламасы менен қурылып атырған комплекс түркий халықлардың улыўма тарийхый тамырларын, бай мәдений мийрасын ҳәм цивилизациялық бирлигин көрсетиўге қаратылған. Жойбар түркий дүнья мәмлекетлери арасында илимий ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў, руўхый жақынлықты беккемлеў, улыўма қәдирият ҳәм дәстүрлерди алға қойыўға қаратылған.
Соң жетекшилер ушын Қазақстанның санлы шешимлери, сондай-ақ, Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң IT ҳәм жасалма интеллект тараўындағы биргеликтеги басламаларының презентациясы өткерилди.