Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде Өзбекстанның 40 тан аслам жоқары билимлендириў мәкемеси Германияның 55 тен аслам университети ҳәм илимий-билимлендириў шөлкемлери менен 110 нан аслам бирге ислесиў келисимлери ҳәм меморандумлары тийкарында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойған.

Ушырасыўда Өзбекстанда немис тилин үйрениўге қызығыўшылық артып атырғаны да айрықша атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта 23 жоқары оқыў орнында 2300 ден аслам студент немис тилин тийкарғы тил сыпатында үйренбекте. Сондай-ақ, 10 мыңнан аслам студент немис тилин екинши шет тили сыпатында үйренбекте.

Соңғы төрт жылда Өзбекстанның жоқары оқыў орынларына Германиядан 300 ге шамалас профессор-оқытыўшы ҳәм 30 дан аслам делегация келди. Соның менен бирге, Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшылары ҳәм профессор-оқытыўшыларының 250 ден аслам ўәкили Германияға барды.

Сөйлесиўде тиллерди сертификатлаў системасы, профессионал билимлендириў ҳәм халықаралық имтиханларды шөлкемлестириў тараўларында бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, билимлендириў ҳәм илим тараўларындағы алмасыўларды кеңейтиў, биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.