Тәреплер саўда-экономикалық бирге ислесиў перспективаларын додалады. Еки мәмлекет тармақ бирлеспелери арасындағы тиккелей байланысларды жеделлестириў ҳәм шериклик байланысларын раўажландырыў әҳмийетли бағдар сыпатында атап өтилди.

Санаат кооперациясы мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан ислеп шығарыўшылары экспорт потенциалын көрсеткен болса, аўған тәрепи тийкарғы тараўлар - аўыл хожалығы, таў-кән санааты ҳәм логистикаға тоқтап өтти. Биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, технологиялар трансфери ҳәм маман кадрлар таярлаў имканиятлары көрип шығылды.

В2В форматында исбилерменлер анық жеткерип бериўлер ҳәм жаңа базарларға шығыў перспективаларын додалады. Өзбекстан компаниялары узақ мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыўға таяр екенин атап өтти. Саўда тәртиплерин әпиўайыластырыў ҳәм транзит потенциалын раўажландырыў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер әмелий бирге ислесиўди беккемлеў, еки тәреплеме күн тәртибиниң әҳмийетли бағдарлары бойынша конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм еки мәмлекет исбилермен топарлары ўәкиллериниң турақлы ушырасыўларын өткериў ниетинде екенин тастыйықлады.