2025-жылдың жуўмақларына бола, Өзбекстанның Евразия экономикалық аўқамы мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 25 процентке өсип, 20 миллиард АҚШ долларынан артты. ЕАЭАның Өзбекстанның улыўма товар айланысындағы үлеси дерлик 25 процентке, експортта болса дерлик 30 процентке жетти.

2024-2026-жылларға мөлшерленген үш жыллық Илажлар режесин әмелге асырыў шеңберинде ЕЭК менен биргеликтеги жумысшы топар форматында бирге ислесиў жолға қойылды.

Тәреплер 2026-2028-жылларға мөлшерленген жаңа бирге ислесиў режесин таярлаўды жеделлестириўге келисип алды. Сондай-ақ, усы жылы Ташкент қаласында биргеликтеги жумысшы топардың бесинши мәжилисин өткериў режелестирилген.

Ушырасыў жуўмағында жаңадан шөлкемлестирилген Санлы санаат порталы жумысына Өзбекстанды тартыў ҳәм бул платформа шеңберинде бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша келисимге ерисилди.