Илаж 14-октябрь — Пүткил жер жүзилик стандартлар күни мүнәсибети менен Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги жанындағы Өзбекстан стандартлар институтының басламасы менен өткерилди.
Көргизбеге пайтахтымыздағы "INNO" инновациялық оқыў ҳәм өндирислик технопарки басшылық етти. Онда АҚШ, Германия, Қубла Корея, Италия, Нидерландия, Швейцария ҳәм басқа да мәмлекетлерден келген экспертлер, жергиликли ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери, илимий-изертлеў шөлкемлериниң хызметкерлери ҳәм исбилерменлер қатнасты.
Быйылғы Пүткил жер жүзилик стандартлар күни "Жақсы дүнья ушын улыўма көзқарас: ТРМ 7 — Қолайлы ҳәм таза энергия" сүрени астында өткерилмекте.
Көргизбеде стандартластырыў, метрология ҳәм муўапықлықты баҳалаў тараўларына байланыслы инновациялық жойбарлар, илимий қолланбалар, заманагөй өлшеў қураллары, алдыңғы өндирис технологиялары ҳәм санлы шешимлер көрсетилди.
Сондай-ақ, миллий ҳәм халықаралық стандартларды үйлестириў, өнимлердиң сапасын арттырыў, олардың халықаралық базарларда бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиў мәселелери додаланды.
Көргизбениң тийкарғы бағдарлары стандартластырыў системалары ҳәм олардың әмелиятта қолланылыўы, метрология тараўындағы жаңа әсбап-үскенелер ҳәм өлшеў технологиялары, муўапықлықты баҳалаў ҳәм сертификатлаў системалары, алдыңғы өндирис технологияларын сертификатлаў, сондай-ақ, өндиристи санлы трансформациялаў ҳәм оған байланыслы стандартларды қамтып алды.
Илаж даўамында турақлы раўажланыў ҳәм абадан келешекти тәмийинлеўде стандартлардың әҳмийети бойынша да пикир алысылды.
Салтанатлы мәресимде тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан қәнигелер атап өтилди. "Ең жақсы стандартластырыўшы" миллий сыйлығының жеңимпазлары ҳәм "Сап тараўында" миллий таңлаўының лауреатлары сыйлықланды.