Ушырасыўда тәреплер Өзбекстан ҳәм Германия ҳүкиметлери арасындағы
Миграция ҳәм мобиллик тараўында кең көлемли шериклик ҳаққындағы келисимди
әмелге асырыў, сондай-ақ, миграция тараўындағы бирге ислесиўди даўам еттириў
перспективаларын додалады.
Өзбекстанда жасап
атырған Германия пуқаралары ҳәм Германиядағы Өзбекстан пуқараларының ҳуқықларын
қорғаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, ҳуқықбузарлықлардың
алдын алыў ҳәм еки мәмлекет ўәкилликли уйымларының бирге ислесиў нәтийжелилигин
арттырыў илажлары додаланды.
Сөйлесиўлер
жуўмағында туризм ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў тараўларындағы бирге
ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға келисип алынды.