Бул мәселе 2026-жыл 12-ноябрь күни Өзбекстан миграция агентлиги директоры Муҳсинхўжа Абдураҳмоновтың норвегиялы эксперт Эрик Энг пенен видеоконференция арқалы өткерген ушырасыўында додаланды.

Тәреплер тийкарғы итибарды халықаралық тараў талапларына муўапық кепсерлеўшилерди таярлаў ҳәм олардың кейин ала Норвегия және Скандинавияның басқа да мәмлекетлеринде жумысқа жайласыўын шөлкемлестириўге қаратты.

Норвегия методикалары бойынша қәнигелер таярлаў

Өзбекстан тәрепи техникумлардың бири негизинде Норвегияның билимлендириў методикалары ҳәм заманагөй үскенелеринен пайдаланған ҳалда кепсерлеўшилер таярлаў бойынша қәнигелестирилген бағдарлама шөлкемлестириўди усыныс етти.

Биринши басқышта 10-20 оқытыўшыны оқытыў ҳәм сертификатлаў, олар ушын Норвегияның өндирис объектлеринде 1-2 ҳәптелик қысқа мүддетли әмелият шөлкемлестириў режелестирилген.

Кейин ала таярланған оқытыўшылар қәнигелерди тиккелей Өзбекстанда оқытыўы мүмкин болады.

Халықаралық сертификат - бирден-бир талап емес

Эрик Энгтиң атап өтиўинше, “ISO” сертификатының бар екенлиги өз-өзинен кепсерлеўши жоқары технологиялық тармақларда ислеўге таяр екенлигин тастыйықламайды.

Атап айтқанда, теңиз нефть-газ объектлери, самал энергиясы кәрханалары ҳәм басқа да сапа талаплары жоқары болған өндирислерде ислеў ушын санаат қәўипсизлиги, мийнетти қорғаў ҳәм арнаўлы технологиялық тәртиплер бойынша терең билим керек.

Бул талапларды өзбекстанлы қәнигелер ушын билимлендириў бағдарламасын ислеп шығыўда инабатқа алыў усыныс етилмекте.

Халықаралық бирге ислесиў ҳәм грантларды тартыў

Норвегиялы эксперт тараў қәнигелерин тартқан ҳалда оқытыўшылар ҳәм кепсерлеўшилерди таярлаў бойынша еки басқышлы дәслепки бағдарламаны ислеп шығыўға таяр екенин билдирди.

Сондай-ақ, тәреплер Европа кәсиплик билимлендириў орайлары менен бирге ислесиў ҳәм қоспа билимлендириў жойбарларында, соның ишинде, "Erasmus+" бағдарламасы шеңберинде қатнасыў имканиятларын додалады.

Эрик Энгтиң атап өтиўинше, оның Румыния, Венгрия, Испания, Германия, Словения ҳәм Хорватия билимлендириў шөлкемлери менен биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға тартылыўы мүмкин болған профессионал байланыслары бар.

Соның менен бирге, бағдарламаны әмелге асырыўдың анық қаржыландырыў дәреклери ҳәм шәртлери еле келисилмеген.

Норвегиялы эксперт Өзбекстанға келиўи мүмкин

Сондай-ақ, тәреплерЭрик Энгтиң 2026-жыл 30-ноябрь күни Ташкентке келиў имканиятын көрип шықты. Сапар етиў шеңберинде техникумлардың материаллық-техникалық базасы менен танысыў, оқыў бағдарламаларының мазмунын додалаў ҳәм әмелий сабақлар өткериў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, норвегиялы қәнигелер менен мийирбийкешилик, балықшылық, электротехника сыяқлы бағдарларда бирге ислесиў перспективаларын үйрениў усыныс етилди.

Бул баслама Өзбекстанда халықаралық тараў стандартларына муўапық кепсерлеўшилер таярлаў системасын жаратыў, оларды Норвегия ҳәм басқа да Скандинавия мәмлекетлеринде жумыс пенен тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған.

Келеси сөйлесиўлерде билимлендириў бағдарламасының анық параметрлери, қаржыландырыў дәреклери ҳәм қәнигелерди буннан былай да жумыс пенен тәмийинлеў механизмлери белгиленеди.