Хиросаки университети ҳәм Япония хирургиялық жәмийетиниң мағлыўматларына бола, жаңа көзқарас шыпакерлердиң жетиспеўшилиги ҳәм медицина қәнигелериниң аймақлар бойынша теңсиз бөлистирилиўин сапластырыўға жәрдем бериўге қаратылған.
Хирургиялық операциялар Хиросаки университети ҳәм Цугару емлеўханаларының қәнигелери тәрепинен әмелге асырылды. Еки медицина мәкемеси де Японияның арқа-шығысындағы Аомори префектурасында жайласқан, деп хабар берди “Kazinform”.
Ҳәр бир операция ўақтында бир хирург Японияның “Medicaroid” компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған “Hinotori” роботын тиккелей басқарған. Екинши шыпакер басқа жерден аралықтан жалғанған ҳәм роботты басқарған ҳәм кәсиплесине жәрдем берген.
Хиросаки университети ҳәм Япония хирургиялық жәмийетиниң мағлыўматларына бола, бул — мәмлекеттиң ҳәр қыйлы орынларында жайласқан шыпакерлер қатнасыўындағы робот хирургияның биринши клиникалық қолланылыўы.
Шөлкемлестириўшилер усылдың қәўипсизлигин тастыйықлаў ушын март айына шекем және бир неше усындай операцияларды өткериўди режелестирмекте. Кейин олар зәрүр үскенелерден пайдаланыў ушын руқсат алыў ушын тәртипке салыўшы уйымларға мүрәжат етиў ҳәм аралықтан робот хирургиялық әмелиятларын миллий медициналық қамсызландырыў системасына киргизиўди сораў ниетинде.
- Бизиң тийкарғы мақсетимиз — хирургиялық емлениўге кириўдеги аймақлық айырмашылықларды сапластырыў болып табылады, — деди Токио университетиниң профессоры ҳәм Япония хирургиялық жәмийетиниң аралықтан турып хирургиялық әмелиятты раўажландырыў комитетиниң басшысы Масаки Мори Хиросаки университетинде болып өткен баспасөз әнжуманында.
Оның қосымша етиўинше, жәмийет аралықтан робот хирургиялық әмелиятларынан коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў басланыўын шама менен еки жыл ишинде күтип атыр.
Хиросаки университети ҳәм Япония хирургиялық жәмийети аралық хирургиялық әмелиятын пүткил мәмлекет бойлап енгизиўди режелестирмекте. Бул наўқасларға жасаў орынларына жақынырақ жерде зәрүр жәрдемди алыў ҳәм емлениў ушын басқа регионларға барыў қәрежетлери ҳәм ўақтын азайтыў имканиятын береди.