Бул ассоциация 2006-жыл 10-октябрьде дүзилген болып, саўда, базар ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында жумыс алып барып атырған исбилерменлерди бирлестиреди. Ол исбилерменлердиң мәплерин қорғаў, исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм бизнести раўажландырыўға жәрдемлесиў менен шуғылланады.

Ушырасыў ўақтында тәреплер Өзбекстан ҳәм Қырғызстан исбилермен топарлары арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелерин додалады. Атап айтқанда, Өзбекстаннан Қырғызстанға тоқымашылық өнимлериниң экспортын кеңейтиў, еки мәмлекет кәрханалары арасында кооперация байланысларын беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, Қырғызстан ислеп шығарыўшыларының өнимлерин Өзбекстан арқалы үшинши мәмлекетлер базарына экспорт етиў имканиятлары көрип шығылды. Бул баслама регионаллық саўда бирге ислесиўин және де раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер исбилерменлер арасындағы байланысларды кеңейтиў, биргеликтеги бизнес илажларын шөлкемлестириў ҳәм еки мәмлекет исбилермен топарларын қоллап-қуўатлаўға хызмет ететуғын бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойыўға келисип алды.